ЕН I
Қарақалпақша
ат. Өлшеў бирлиги, бир нәрсениң жалпақлық кеңлиги.
Оның қасында бойы қырқ гез, ени қырқ гез Рүстем баладай болып көринеди,... (ққ.х.е.).
Суўы қумай, сағасы тардан келип, боздың шеге жерин қақ жарып аққан сайын дәрьяның ени кеңейе береди (К.Султанов).
0 Ен жайыў — раўажланыў, хәўижлениў, таралыў; жайылыў, молайыў, көбейиў.
Бул жердиң байлығы көзден-көзге түсип, тилден-тилге алынып, елден-елге ен жайды (Қ.Ирманов).