ЕМШЕК
Қарақалпақша
ат. 1. Адамзаттың ҳәм жанлы-жаныўарлардың бир мүшеси.
2. Сүт емиўшилердин сүт жыйнайтуғын мүшеси, мәмме, мәммешек.
Өзинен сүт шықпаса да емшегин сорғызды (Ж.Аймурзаев).
Таласып емшек емискен, Тай ғунандай тебискен («Қырқ қыз»).
Бир күни белли жеген тамақ жоқ, емизейин десе емшегинен сүт шықпайды,... («Мәспатша»).