⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕМИРЕНИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Мийри қаныў, мийрими келиў, ийиў. Ол еки бетин алақанлары менен қапсыра жаўып, келе ғунанның жалына мойнын салып емиренди (Ө.Хожаниязов). Ақлықларын қолға алып емиренип, Гилемши ана усылай деп толғады (И.Юсупов). 2. Ынтығыў, жақсы көриў. Таўмурат мырс етип тағы бир күлди де, балаға емиренип қарады (К.Султанов).