ЕМИЗИК
Қарақалпақша
ат. 1. Жас балаға хәм де жанлы-жаныўарлардын балаларына бир ыдыс арқалы, яғный шийшеге сүт қуйып, соның аўзына кийгизилетуғын резинадан иеленген зат.
— Женге, былтырғы Камалжанның емизиги қайда? — деп сорады Тимур (А.Бекимбетов).
2. Бир нәрсениң изинен қалмаў, дыңғырлай бериў, жабысып алыў.
Бир нәрсе көрсең алмай қоймайтуғын нағыз емизик екенсең өзиң, — деди кемпир балаға (Б.Кербабаев).