ЕМИЎШИ
Қарақалпақша
ат. 1. Ана сүти менен аўқатланыўшы.
...үлкейип, есейип кетсе де еле анасын емиўши еди (Н.Дәукараев).
2. аўыс. Биреўдин мийнетиниң арқасында күн көриўши, тиришилик етиўши, жасаўшы, күнелтиўши,... айырымдар жарлыларды емиўши болып, оларды езип келди (Қ.Айымбетов).