ЕЛТИРИ
Қарақалпақша
ат. 1. Сойылған ямаса өлген қозының яки ылақгың териси.
Аларсаң елтирини ақша берсек, Елтирисин мут бермес ҳеш ким оңай (Әжинияз).
2. Жас қозының, ылактың терисинен жиңишке етип қыйылып, тонның, дегелейдиң дөгерегине тигилетуғын жийек.
0 Елтири тон, елтири постын — жас қозының, қойдың терисинен тигилген тон, постын.
Үстинде бар елтири тоны, Айта берсем көпдур мини (Әтеш).
Жылт етип шығып кеткен хаял бир елтири постын,... алып келди (Н.Бөркешов).
Елтири-сеңсең — өскин жүнли қой терисинен иеленген тон, постын.
Өзиңиздей мырза, уллы ақын қыздан, Елтири-сеңсең аламан ба деп келдим (Әжинияз).