ЕЛПИЎ
Қарақалпақша
ф. Самалдың әсте соғыўы, желпиўи, ақырын есиўи.
... самалдың елпиўинен ақшамғы жағымлы ләззетти таслап кетким келмеди (Ө.Хожаниязов).
0 Елпил қағыў, елпил есиў — самалдың жағымлы ҳәўири, есиўи.
Гүл шешек атқан бағдардың шақалары елпил қағып ескен самал менен шайқалып, тербенип тур (Ж.Аймурзаев).