⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕЛИТИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Балқытыў, мәс болыў, бийҳуўыш етиў. Көкнардың қызығы менен елитип отырғанда қуда түсип келгенин айтып салды (К.Султанов). Елитти ме танның татлы уйқысы, Бала кетти төмен жардан жумалап (К.Султанов). Бул шәўкетти көрген адам елигип мәс болады (Қ.Айымбетов). Таза ҳаўа, егинлердиң жупар ийиси киси елиткендей болады (Қ.Айымбетов). 2. Алдаў, арбаў, тәсирине көндириў. Сапарбайды көптен өзинен қалдырмай елитиўи де тосыннан нәрсе емес (Қ.Айымбетов).