ЕЛЕСПЕСИЗ
Қарақалпақша
кел. Белгисиз, елеспеси жоқ, айыбы жоқ, әлеми жоқ.
Елеспесиз тал таяғын таянып, Ғарры жолға түсти тезден сол ўаққа (Т.Сейтжанов).
Бурын анаў-мынаў елеспесиз жүретуғын еди (Ж.Аймурзаев).
Елеспесиз бир адам таўып, мениң алдыма алып кел деди («Алпамыс»).
0 Елеспесизлеў үй — белгисизлеў үй, анық емеслеў үй.
Жигитлер усы ўақытта шаңырағының алды-артына гөне шыпта жабылған бир елеспесизлеў үйдиң қасына келди (К.Султанов).