ЕЛЕСЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Булдырлаў, еленлеў.
Аяпбергенниң ылашығы узаққа елеслен көринип қала берди (Қ.Айымбетов).
Бир мәҳәлде ақ кийимли биреўлер елеслегендей болды (Ө.Хожаниязов).
2. Сәўлелениў, қыял етиў, әрман етиў.
Көз алдында Ханзада елеследи (Қ.Султанов).
Кең дала, сулыў қалалардың дийўалларын елеслейди (Ө.Айжанов).