⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕЛАТ

Қарақалпақша

ат. Аўыл, халық, журт, аймақ. Ҳарып-талып биразы, Елатына қайтады («Қырқ қыз»). Семиз маллар сойдырып, Қуўандырып елатын, Аш-арығын тойдырып, Ел қуўантып пәтия алады («Мәспатша»). ...оннан соң елатқа, бара-бара пүтин халыққа таралып кетеди, патшаға еситиледи (ққ.х.е.).