⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕЗИЛИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Майдаланыў, унталаныў, қыйқымланыў, шылпәрше болыў, унтақланыў, бөлеклениў. Палўаннын сүйеклерине шекем езилип кетеди (ққ.х.е.). ... ол да мылжа-мылжа болып езилип атыр (Ж.Аймурзаев). Шоқпарлар тийип геллеге, Езилди майдан ишинде («Ер Зийўар»). 2. Биреўдин қол астында болыў, қараслы болыў, зорлық көриў, жәбирлениў, аўыр азапта жасаў. Езилди халық жән-жаққан, Көп қыйынлық болған екен (Бердақ). Даналардың данасы, Жер жүзинде езилгенлердиң панасы (Ә.Шамуратов). Халық ушын бир жақты күн болмады, Ел езилип аш-жалаңаш зарлады (М.Дәрибаев). 0 Тул бойы езилиў — женшилиў, аўыр тартыў, мажырасы шығыў, унтағы шығыў. Зилдей адам көкирек аўызына минип отырған соң оңсын ба, тула бойы езилип қалыпты (Ө.Хожаниязов). Жүрек езилиў — қапаш ылық көриў, кыйыншылық көриў, азап көриў. От ишинде өртенгендей намысы, Қорланғандай жас жүреги езилип (И.Юсупов). Баўыр езилиў — қыйналыў, азапланыў, қапаланыў. Ата дедиң, пүткил кеўлим бузылды, Кәбап болды, жанды баўырым езилди («Мәспатша»).