ЕЗИЎ II
Қарақалпақша
ф. 1. Қыйнаў, азаплаў, жәбирлеў.
Сорлы ол езип халықты, Салды хәм нобай салықты (Бердақ).
2. Буўындырыў, туншықтырыў, қысыў, мыжыў.
Малға сатып алған нәуше қызларды, Туншықтырып езген сәрўи назларды (С.Нурымбетов).
3. Майдалаў, усаклаў, қыйқымлаў, унталаў, бөлеклеў.
Ортадағы тамның пәтигине беккемленген бақанның кең шуқырында гүнжини езип, майын шығарып тур (Б.Бекниязова).
4. Қатты нәрсени суйық нәрсеге айландырыў, мыжыў, сығыў, мыжғылаў.
Дәўеке бир күни көкнарын езип, чай ишип йошланып, отқа тапланып, қызара бөртип, пайнекке қашып отырғанда бир ой сап ете қалды (Қ.Айымбетов).
5. аўыс. Сөйлей бериў, бир айтқанын қайта-қайта айта бериў, көпириў.
Қайта-қайта бир сорағанын езип, ис буйырған адамның өзин шаршатады (Т.Қайыпбергенов).
Тумсық езиў — урыў, уўқалаў.
Қара мушлар тумсық езип, Бул күниңнен өзиң безип (Ж.Аймурзаев).
Жүрек езиў — жәбирлениў.
Жаслай жүрегимди езген жоқшылық көп ўақыт маған жолдас болды (Ж.Аймурзаев).
Баўыр езиў — азапланыў.
Мен жоқедим, қыянат баўырыңды езгенде (Т.Сейтжанов).
Мойынын езиў — алқымын қысыў, мыжыў.
Ездим мойынын ийзелеп, Тықтым қумға басларын (Т.Әбдираман).