⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕГЕДЕ

Қарақалпақша

кел. Есейген, үлкейген, жасы барған, жасы толған. Олардың ишинде егеде болған адамлар менен ҳаяллар да бар еди (Ж.Аймурзаев). Басқалардан егеде болғанлықтан жасы кишилер «Мийирбек аға» деп ҳүрметледи (Қ.Айымбетов). Бурынғы ўақытта бир баланын егеде болған үлкен ағасы бар екен (Қ.Айымбетов).