ЕБИНДЕЙ
Қарақалпақша
кел. Шамалы, аз ғана, азмаз, ебин-жорық, теғараң, сәл ғана.
Оның ебиндей хәрекетине жердиң бети мақпалдай түрленип атыр (А.Бекимбетов).
Ебиндей балығы бар екен, аўын жағаға салыпты, деген менен адамның басы сыйып кеткендей жыртық еки аўдың бирэўинен ушырар еди... (Ө.Айжанов).
0 Ебин-жорық — еплеп, барлы-жоқлы, азмаз, азғана.
... ебин-жорық әйтеўир күн көрип отырмыз, — деди Жәмийла Сәлиймаға (К.Султанов).