ДӨҢЕС
Қарақалпақша
кел. 1. Тегис жерден бийиклеў, дөңнен пәслеў жер.
Айрылдым жалғыз қостардан, Маңлайы дөңес қошқардан, Аса алмай қалдым асқардан, Не боларымды билмедим (Бердақ).
2. Көтериңки, дүңкийген.
Ортасы дөңес мурынын қол орамалы менен басып турып қатты түшкирип жиберди (ққ.х.е.).