ДӨНДИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Үсти-үстине урыў, сабаў, баспалатыў.
Таяқ урсам ашыў менен дөндирип, Жерди айдайман қара күшке көндирип, Гүнде ағашты еңсесине миндирип, Тартады тарбайып қара өгизим (Бердақ).
2. Түрли түске бояў, түрлендириў, енгизиў.
Түрли бояўлар менен түрли түске тәбият көринислерин дөндирди.
Сулыўлықгы да дөндирип, Көзимди байлап көндирип (Б.Узақов).
3. Кеўилдегидей қылып, баплап орынлаў, талапқа жуўап беретуғындай таярлаў, орынлатыў.
Гәпти дөндириў.
Исти дөндириў.
Қуйылдырып айтып гәпти дөндирип, Әрман менен Бердақ өтти дүньядан (Өтеш).
Пул аларда сөз айтасаң дөндирип, Өлердеги гәпти айтып көндирип (Қ.Бабаниязов).