ДӘСТҮР
Қарақалпақша
ат. (парсы, жол-жорық, көрсетпе, тәртип-қағыйда).
1. Әўладтан әўладка өтип ҳәм сақланып киятырған үрп-әдет, салт-сана.
Қыз да, жиғит те билгенин ишинде тоқып отыр, дәстүр бойынша гәпти жигит баслаў керек (К.Султанов).
Өзгеше салт дәстүр, байрамы менен, Айырылып турады өзге еллерден (П.Сулайманов).
2. Белғили мақсет, ис-хәрекет ямаса көргизбениң алдыннан белгилеп шығылған жол-жорығы, оны әмелге асырыўдын тәртиби, нызам-қағыйдасы; бағдарлама, программа.
Мәмлекетлик тилди әмелге асырыў дәстүри.
Республикамызда Инсан хуқыкдары тараўындағы Миллий тәлим дәстүри тастыйыкданды («ЕҚ» г.).
3. Берилетуғын көргизбе тәртиби ҳәм орынланатуғын иелер дизими; жыйналыс дәстүри.
4. Оқыў пәни мазмунының қысқаша түсиниги; оқыў дәстүри; 5. Театр, конңертлер т.б.
тамашаларда шығыў нәўбетлери, атқарыўшылар, қатнасыўшы шахслар дизими.