⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘСТ

Қарақалпақша

ат. Қолы, қолынан, қол астынан. Аман-есен еле алға баратыр, Досты қутқармакшы залым дәстинен (Ә.Шамуратов). ... Периниң дәстинен аман қалғайсаң, Басларына ақырзаман салғайсаң («Ер Зийўар»). 2. Қол, қолы. Сен отырсаң кдра талдың, астында, Мақпал тыслы еки көпшик дәстинде (И.Юсупов). 3. аўыс. Дөртинен, себепли. Сүйиклиси дәстинен узақ таңға, Кирпиклери айқасып көз илмеген (Ақшолпан Аманияз). 0 Дәстинен қайтыў — әдепки пәтинен қайтыў. 4. Шырай. Ата жүрмес баласының кдстына, Қызлар ашық бул жигиттиң дәстине («Жәхәнша»).