ДӘС
Қарақалпақша
ат.қ. Дәст.
1. Қол.
Қаст еткенге салды дәсти («Мәспатша»).
2. Жола, рет, мәртебе.
Ерден туўған ер болады деген бар, алды менен улым, қызымды бир дәс сынап көремен («Мәспатша»).
3. Нағыз, тап, анық.
Дәс еллиден пирден кайтпа, Таўып айт сөзди молайтпа, Достың сырын душпанға айтпа, Ел бузыўшы боладурсаң (Бердақ).
Дийқаншылық үлкен дәс, Шарўашылық оған ес (ққ.х.н.м.).
ф Дәс соқты (қойды) — 1. бирден жеп қойды; 2. Топылыў.
3. Биригип, қол берисип.
Азат латыш улларының хәммеси, Иске шықты бир адамдай дәс қойып (Б.Қайыпназаров).
Дәс бериў — шыдам бериў.
Дәс берип жықсам душпанды, қалмайды ҳеш бир әрманым («Ҳажы Герей»).