ДӘРҲАЛ
Қарақалпақша
р. (парсы+араб.
ҳәзирдиқ өзинйе, тезлик пенен).
1. Тез, шаққан, жылдам, дәрриў, шалт, асығыс.
Сен дәрҳал қуўанып жуўырып келдин, Көзиңде шадлы жас тамшысы менен (И.Юсупов).
2. Тез ўақыт ишинде, кешиктирмей.
Дәрҳал мәлим кыламан.
Қыс өтеди.
Қетер дәрҳал жаз шығып, Ўақыт тынбай айландырар қаразын... (К.Рахманов).
Атынан жерге түсти де, анасына қарады, Қасына дәрҳал барады («Ер Зийўар»).