ДӘРЬЯ
Қарақалпақша
ат. (парсы, улкен суў, теңиз).
1. Белғили дереғинен қуйылыў жери тәреп тәбийғый өзектен бәрқулла ағып туратуғын үлкен суў.
Әмиўдәрья, Сырдәрья.
Дәрья бәхәрде тасар, Адам мийнетте тасар (ққ.х.н.м.).
2. Канал, жап, арна.
Дәрья суўға тоймас, От жағыўға тоймас (ққ.х.н.м.).
3. аўыс. Мол, көп.
Бир-биринен зыяда, Ақылы да теңиз — дәрья (Әтеш).
4. аўыс. Қан, жас.
Бир жаманның кесапатынан, Мәўиж урған дәрья курыйды (ққ.х.н.м.).
0 Көз жасы көл-дәрья болыў — катты күйинип жылаў.
Шарасызлықтан иши от болып күйеди, Көзиниң жасы көл-дәрья болып ағар еди (А.Тажимуратова).
5. аўыс. Көп муғдардағы нәрселер ҳакқында.
Қыял дәрьясы.
Кеўил — дәрья, көз — найза, Үйиңңе саяқ сақлама (ққ.х.н.м.).
Билгениң — дәрья, билмегениң — теңиз (ққ.х.н.м.).
6. Өтип кететуғын, өткинши.
Өмир — ағар дәрья.
Жүрген — дәрья, отырған — бойра (ққ.х.н.м.).
ф Дәрья киби — дәрьядай, дәрья сыяқлы — Дәрья киби мәужиреп бир тасқайсаң, Косық десе шүй төбеден таслайсаң (А.Крамов).
Дәрья ләби — дәрья жағасы, ернеги.
Бәзирген келип дәрья ләбине түйедеги жүклерин түширип, шул йерде жатып эрам алдылар («Бәзирген»).
Дәрья нағыс — нағыстың түри, суўды елеслететуғын сызық.