⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘРТ

Қарақалпақша

ат. (парсы, кеселлик, азар, руўхый азап). 1. Азан, аўырыў, кеселлик. Аўыр дәрт. Дәртке шалыныў. Кисиниң кеўлине ин курса қайғы, ишкизер дәрт-даўа дегизип майды (Т.Узақбергенов). 0 Дәрт көрме ямаса қолың дәрт көрмесин — қолы гүл уста, шеберге миннетдаршылық сыпатында айтылады. Дәртин алыў — мунлас болыў, саўлық тилеў, «саў болғайсаң» мәнисинде. 2. аўыс. Қайғы, ҳәсирет, уўайым. 0 Дәртин ишине жутыў. Дағыстанда малым таслап келемен, Көзим түссе ышқы отына күйемен, Дөрпенбесең Гүлпаршындай сулыўға, Дәртинен патшайым олла өлемен («Алпамыс»). 3. аўыс. Кесел, наўқас, қәсте, бийтап. Мәрўерт суўлы Алтын көлдиң ҳаўасы, Ҳәр бир дәртке дәрман екен Қоңырат (И.Юсупов). 0 Дәртке даўа болды — а) қайғысын, уўайымын қайтарды, Қанша дәрт берсе дер: даўасын берген, Адасар нәпсиқаў жуўырып желген (Ж.Анетеев). б) аўыс. наўқасына шыпа болып, ем болды. 0 Дәртине дәрт жамалыў — қайғы үстине қайғы болыў, уўайымы көбейиў. Берсем айта, дәрт устине дәрт жамалар, Бир кем дүнья айт кимлерден қалмаған (Ақшолпан Аманияз). 4. аўыс. Пүткил ойы, пикирин бәнт еткен нәрсе, ис, тәшўиш, арзыў, қыял т.б. Оның дәрти тек пул. 0 Дәрти ишинде — Дәртин айтайын десе, тили қысық. Ҳаялдьщ сырты ггүтин, иши түтин, дәрти ишинде... (Д.Үббиниязова). Дәрт қылыў - Илажсыз қалыў, дағда қалыў. 5. аўыс. Әрман, қыял, ийгиликли мақсет. Халық дәрти менен жасаў. 6. аўыс. Ышқы, муҳаббат. Ышқы дәртинде жаныў. Ер жигиттиң бир мурады ат болар, Ат болмаса жүрегинде дәрт болар (Әжинияз). 0 Гөне дәртти қозғаў, қоздырыў — бурынғы уўайым-қайғыны есине салыў. Дәртке жараў — пайдаға асыў. Келе қылдым дәртке жарап емизик, жаз паслында таң ағарып атқандай (Г.Изанова). Дәрт тутыў — жас босаныў, туўылыў басланғанлығын билдиретуғын белги, дөлил. Дәртин дастурхан қылыў — қайғы-ҳәсиретин төгип салыў, мунласыў. Дәртинен айығыў — кеселден саўалыў. Терлеп-тепшип бул кемпир, дәртинен қалас болады («Илимхан»).