ДӘРМАН
Қарақалпақша
ат. (парсы, дәри, даўалаў).
1. Қуўат, жигер, күш, карыў, хал.
Белде куўат, аяқта жоқ дәрманым, Жай таппай суўықга калған әрманым (С.Нурымбетов).
0 Дәрманы кетиў — күш-қуўат, диңкеси қурыў, күшсизлениў.
Дәрманы кириў — аўҳалы, саўлығы жақсыланып, күш-куўатқа кириў, тетиклесиў.
Турқыңды көргенде тасты дәрманым, Тириңде көрмедим жалғыз әрманым (А.Дабылов).
2. аўыс. Тирек, сүйеў болатуғын адам.
Хожалығыма бас еди, Дәрманыма жеткер мени (Қ.Ирманов).
3. аўыс. Жәрдем, мәдет; руўхый көмек.
Дәртине дәрман болыў.
4. Шара, илаж; даўа.
Дәрт берген кудайым, дәрманын да берер, өксий берме иним, — деп ийнинен қақты Дәнияр оған ашынарлы түрде тигилип («ҚЖ» г.).