ДӘРЕТ
Қарақалпақша
ат. (арабша, тазалық, пәклик, жуўынып таза болыў).
1. дин Ибадат кылыў, намаз, куран оқыў алдында бет, қол, аяқ ҳәм басқа дене мүшелерин жуўыў, пәклениў, пәклениў ҳалаты.
0 Дәрет алыў — намаз оқыў, пәклениў ушын жуўыныў.
2. Бүйрек арқалы ажыралып шығатуғын ҳәм сидик жоллары арқалы сыртқа шығарып тасланатуғын суйықлық, сидик.
Ғарбыз киши дәрет жоллары ҳәм бүйректеги тас ҳәм дузларды еритеди (газетадан).
0 Киши дәретке шығыў — майданға шығыў, майданлаў, сийиў.
3. Үлкен дәрет — ишти босатқандағы дәрет.
0 Дәрети сыныў — намаз оқыўдын алдында майданға шығып койыў, ишинен жел шығарыў.