⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘРБӘДАР

Қарақалпақша

ат. (арабша, есиктен-есикке, үй-жайсыз, дийўана). 1. Мүтәжлик себеп, есикпе-есик жүрип ел гезиўши (мәжбүрликтен ямаса ел гезиў мақсетинде), өзге еллерде әўере-сарсаңлықта жүриўши, бас алып кетиў. Дәрбедар адам. Қазан урған қызыл гүлдей соларсаң, Хайран болып көп дәрбәдар боларсаң, Тилимди алсаң көшпе калмақ елине, Көп пушайман етип әрман қыларсаң («Алпамыс»). 2. Мәжбүрлик себепли өзге еллерде гезиўши, ўатансыз, бийўатан, ўатан гедейи, эмигрант. Ел хәм жер билендур жер хәм ел билен, Жерсиз елдиң өмири дәрбәдар билен, Хош аман бол бизден калдың Бозатаў (Әжинияз). 3. Тозыў, бүлиниў, сарсаң болыў, сергизданлық. Еккен гүлин сенсиз жылап өседи, Изинде дәрбәдар жаслык дилгирин (Х.Дәулетназаров).