⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘРАМАТ

Қарақалпақша

ат. 1. эк. Кең мәниде кирис болған ҳәр қандай пул қаржылары ямаса пул қунына ийе болған материаллық байлыкларды алыў, экономикалық субъект, өз хызмети нәтийжесине қарай алатуғын пул ҳәм товар-материаллық түсим (пайда). Хожалық дәраматы, кәрхана дәраматы, мәмлекетлик дәрамат. Дәрамат дерегин мудам шөкелеп, Жақсы имараттың бәрин ийелеп (Муңлы шайыр). Сүўретлер, буйымлар бәри кәрамат, Олар шексиз байлық, бәри дәрамат (Б.Узақов). 0 Дәрамат деклерациясы — финанс ямаса каленларь жылында пуқаралар тәрепинен салыкка тартылатуғын улыўма дәраматлары көрсетилген хәм мәмлекетлик органларға тапсырылған хабарнама. Дәрамат салығы — финанс жылында салық салынатуғын дәраматқа ийе болған пуқаралар ҳәм юридикалық шахсларға салық салынатуғын улыўма дәраматларынан өндирилетуғын улыўма мәмлекетлик салық. 2. Күш, қуўат, димар, динке. Кәнекей менде болса кәрамат, Болар едим ел дәртине дәрамат (И.Юсупов). 3. аўыс. Турмыс, жағдай, аўҳал. Ғәриплерге қол берерғе, Мен сорлыға дәрамат бер (Бердақ).