ДӘПТЕР
Қарақалпақша
ат. (араб<грек.
сиийега — қағаз орамы).
Китапша формасында тигилген, бетленген хат жазыў, сүўрет салыўға арналған таза кағаз бетлери.
Жазыўға арналған сызыклы қағаз, мектеп оқыўшыларына керек жазыў қуралларының бири.
Ири сызыклы дәптер, сүўрет дәптери.
Көзи көргиш кеўиллери соқырдың, Тәрийипине он бес дәптер толтырдым (Ө.Байназаров).
0 Вексель дәптери — Қарызларлардың қарызы хәм оны төлеў мүддетлери дизимге алынған хүжжет.
Күнделик дәптер — оқыўшының сабакдарға қатнасыўы ҳәм өзлестириўине тийисли мағлыўматлары дизимге алыў дәптери.
Нота дәптери — музыка ноталары дизимге алынған дәптер.
Үй дәптери — бир шаңарақ, хожалықта жасаўшылардын белгили аймақта, мәнзилде дизимге алынғанлыгы хакқындағы рәсмий дәптер.
Шахстың күнделикли өмири даўамында көрген — билген кеширмелерин жазып баратуғын дәптери.
Арыз дәптери — саўда-сатық хәм басқа шөлкемлерде клиентлер, пуқаралар өз арыз хәм шағымларын жазып кетиўге арналған дәптер.
Есапқа алыў дәптери — шахслардың аты, фамилиясы хәм оларға, олардың жумыс ҳәрекетлерине тийисли мағлыўматлар дизимге алынатуғын дәптер.