⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘП

Қарақалпақша

ат. 1. Кепшик тәризли, жуқа тери менен дөңгелек қаснаққа қапланған, қаснағының (жийегиниң) қыр дөгерегине дөңгелек шыңғалар тағы лған, бармақ пенен қағып шертилетуғын саз әсбабы. Арбада дәп қағып, шертип баламан, Келди жуўдырласып кеўилли кәрўан (И.Юсупов). Дәп қағылып атыр, Топ-топ, шоқ-шоқ («Алпамыс»). 2. аўыс. Жоқ болды, қуртылды. Ешбай келип гөне сазлар дәп болды (ққ.х.н.м.). 0 Дәп етиў — 1. жоқ етиў, қуртыў, өлтириў. Әгер өлсе қолымда, дәп етермен бир жерге («Шәрьяр»). 2. Қутқарыў. Қостарымсаң түрли бәледен дәп ет, Жол бурды деп қапа болма сәўдигим («Курбанбек»).