⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘМЕ

Қарақалпақша

ат. (арабша, кушли тилек, арзыў; ашкөзлик). 1. Биреўден бир нәрсе өндириў сезими, өзиники қылыў, алыўға умтылыў. Ҳәкери таздың дәмеси, Шул қызлардан болған екен (Бердақ). Дәме қылма биреўден, Жасайын десең азапсыз (ҚҚ.Х.Н.М.). 2. Үмит етип күтиўшилик, үмитлениўшилик. Бир перзенттиң кеминен, Пәтия бериң бизлерге, Тек сол дәмем сизлерден, Бир туяқ қалса излерде («Алпамыс»). Дәме еткенге өкпе ет (ққ.х.н.м.). 3. Адам аты, исми. 0 Дәмеси бар — кәлеўи, нийети, тилеги, үмити бар. Сени келер деген бир дәмеси бар екен, қызыл тилин жалдаған, барған еки елшини куры сөз бенен алдаған екен («Алпамыс»). Дәме қылыў — биреўден үмит етиў, үмитлениў, көз тигиў. Қанаат қылып иззетте тут өзинди, Дәме қылып сарғайтпағыл жүзинди (Мақгымқулы).