⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘМ

Қарақалпақша

ат. (арабша, маза, жағымлы сезим). 1. Татып ямаса жалап көрип билинетуғын; маза, татым сезиўши ағзалар тәсиринен пайда болатуғын сезим, маза, татым. Ашшы дәм, Душшы дәм. Бир түйир дуз бенен дәм кирер асқа, Бир дузсыз сөз бенен ғам түсер басқа (А.Қаражанов). 2. Аўыздың силекей пердеси арқалы билетуғын сыртқы бес сезимниң бири. Аўызға дәм, қарынға май питирмей, Шайнағаным аўқат емес, шөп болды (И.Юсупов.). 3. аўыс. Бастан кеширилген яки өткен тәсир, рәҳәт. Лаўазымлық дәмин бир көрген адам, әлбетте өзгереди, өзин басқаша сезеди, — деди ойшаң түрде төменге қарап («ҚӘ» г.). 3. фоль. Ўақыт, дәўир. Ғәниймет кор бу дәмиңни, Шах пәрман етмесдин бурын («Ғәрип ашық»), 4. Аўқат. 0 Дәм татыў, дәмин көриў — аўыз тийиў, азырақ жеп көриў. Дәм-дуз татар-татпастан-ақ Асығаман қайтыўға (К.Рахманов). Сөзиниң дөми жоқ — сөзиниң мәниси, мазасы, пәтиўасы жоқ.