⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘБДЕБЕЛИ

Қарақалпақша

кел. 1. Ләрзеге келтиретуғын. Дәбдебели гүлдирмама; Дүньядағы ең шаўқымлы ҳәм дәбдебели салют атылды. («ҚЖ» г.). 2. Салтанатлы, келисиги келген, даңқы шыққан. Дәбдебели той. Қарун яңлы малы-мүлкиң ағыл-тегил бир кән болса, Дөгерегиң дәбдебели сондай бир саўлатлы сән болса (Ә.Өтепбергенов). 3. аўыс. Гән-сөзли, шаўқымлы. Бундай дәбдебели отырыспаға араласып қалғанына Шернияз қысынып терлеп сала берди (К.Рахманов).