ДӘЎИР
Қарақалпақша
ат. 1. Жәмийет раўажланыўында әхмийетли ўақыя- ҳәдийсе болып өткен, хүким сүрген ямаса өзине тән қәсийети менен ажыралып туратуғын мәлим бир ўакыт аралығы.
Тас дәўири, Темир дәўири.
Қанша тарийх дәўир бар, Инабатлы өмир бар (И.Юсупов).
2. Инсан хәм инсан өмириндеги мәлим ўақыт, жыллар; Дәрт жамалып кеўиллердин ш ерине, Дәўир дағдарыстан аўара болар (И.Юсупов).
3. Тәкирарланатуғын проңесстиң ҳәр бир тәкирарланыўында басынан ақырына дейин өтетуғын ямаса толық проңесс даўамындағы ўақыт аралығы.
Раўажланыў дәўири.
4. дин. Өлген адамның ислеген гүналарын кешириў мақсетинде исленетуғын үрп-әдет.
0 Дәўир қус — дәўлет қусы, бахыт кусы, патшалық нышаны.
Дәўир қусын ушырды, Басына қусты қондырды («Алпамыс»).