ДӘЎ
Қарақалпақша
ат. 1. Зароастризмде жаўызлықгын негизги тымсалы.
«Авесто»да «дайва» тәризинде көрсетип өтилген.
2. Түркий хәм парсы-тәжик әпсаналарында да жаўызлық тымсалы болып, қорқынышлы, зулым, зорлық, қанхорлық ҳәм жаўыз күшлердиң еркине бойсыныўшы үлкен мақлуқ сыпатында сүўретленеди.....үлкен қара тасты дәстанып, дәу уйқылап атыр екен (ққ.х.е.).
Шыға шаптың әўел бастан, Дәу келсе де тартынбастан (Т.Жумамуратов).
3. Күшли, сымбатлы, қарыўлы, үлкен, турпатлы, жайсан, ири.
Маман бираз азыңқыраған менен нығайып ириленген, ийинлери кең, дәў жигит болған (Т.Қайыпбергенов).
0 Дәўжүрек — батыр, қорықпайтуғын адам.
Дәужурегиң барың ушын, Ата-анаң, ярың ушын (А.Утемуратов).
4. фоль.
Бесик баласы.