ДҮРРЕ
Қарақалпақша
ат. (парсы.
Қайыс қамшы).
1. XX әсир басларына дейин Түркистандағы ханлықларда дене жазасына ҳүким етилгенлерди жазалаў ушын қолланылатын қамшының бир түри.
2. Мал терисинен жиңишке етип тилип өрилген қамшы.
Абайсызда баланы дүрре менен берип жиберди (ққ.х.е.).
— «Тоғыз дүрре урылсын!», — депти ҳәким ойланбастан (Т.Қайыпбергенов).
3. Шаршыдан, сүлгиден ҳәм т.б.
есилген, отырыспада гүналы, жазалы болғанларды ҳәм де ойыннан утылғанларды дәлкеклеп уратын қамшыға мегзе өрилме.
Балалар ойында жеңилгенлерди гезеклесип, дүрре менен урып атырғанда ғаррылар келип қалды (газетадан).
4. аўыс. Күш, қурал, байланыс мәнисинде.
Егер және тәкирарласаңыз, дүрре менен писиртип отырмаймын, денеңизди пыт-шыт қылып дағыттырамын! (Т.Қайыпбергенов).