ДУҒРЫ
Қарақалпақша
кел. қ. Туғры.
1. Қәтеден жырақ, қәтелескен, жаңылысқан жери жоқ, қәтесиз.
Дуғры жуўап.
Дуғры пикир.
Дәлден дуғры хабар (ққ.х.н.м.).
Еки жақты тең көрмесе, Дуғры әдиллик бермесе (Күнхожа).
2. Белгили талап, қағыйдаларға жуўап беретуғын, сәйкес келетуғын.
Дуғры услаў, жүриў.
Таймастай ҳешўақ гүйлери, Дуғры жуўап айтқан емес (Бердақ).