ДУШПАНЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Биреўге жаў, қаслық етиў, жаманлық қылыў, өшпенлик, кастыянлық.
Өлтирмей кетсеш жыланды, Душпанлық қылған боласаң (И.Юсупов).
2. Душпанларша ис тутыў, ҳәрекет, қатнас.
Душпанлық қылыў.
Душпанлығы көринсе, Аянбай атлар шабайық («Айдос бий»).