ДУМАН
Қарақалпақша
ат. 1. Атмосфераның төменги катламында жүзеге келетуғын суў пуўлары ямаса қапланған ғүңгирт ҳаўа, пуўланған хаўа.
Қойыў думан.
Ескен жер ызғарлы, жән-жағым думан, Түним ада болмас-жабылған қазан (Ж.Өтениязов).
2. аўыс. Думанға уксас, қараңғы, емески, гүмилжи.
Бултлар көп түнеген асқар таўлардын, Жүзин перделэўши думаны болар (И.Юсупов).
Ғыйбат өз зәхәрин иширсе езип, Инсан кеўлин ғәплет думаны басқан (И.Юсупов).