ДУЗДӘМЕК
Қарақалпақша
ат. 1. Аўқаттың дузының кем-көплиги.
Аўқаттың дуз-дәмегин туўрылаў.
2. Улыўма жейтуғын нәрсе, аўқат, тағам.
0 Дуз-дәмек татыў — Жаңа алдында өзиң айтқандай, дуз-дәмек болдық, бир хатадамыз (С.Қаниязов).
Дуз-дәмек болыў — мәлим мүддет бирге болыў, табақлас болыў.
Еле талай ислесип дуз-дәмек боламыз (Г.Есемуратова).