ДУЗ
Қарақалпақша
ат. 1. хим.
Молекулалары курамына кислота қалдығы менен байланысқан металл атомдарынан ибарат қурамады зат.
2. Усы бирикпениң аўқат ушын қолланылатуғын бир түри (натрий хлорид).
Ас дузы.
Қараўымбет дузы.
Май айныса дуз саламыз, дуз айныса не саламыз? (ққ.х.н.м.).
0 Дузын көриў 1. Аўқаттың дузының басым ямаса кем екенлигин татып көриў.
2. аўыс. Жеў, татыў (қонақ болып барып).
Дуз татып кет дегенди де, Тегин айтқан деп болмайды (И.Юсупов).
Жарасына дуз себиў — айыбын айтыў, қайғысын есине салыў.
3. Улыўма аўқат, ишип-жеў мәнисинде.
Дузың болмаса да, достың болсын, отаўың болмаса да қоңсың болсын (ққ.х.н.м.).
4. аўыс. Кимниңдур жедирғен, иштирғен, басқа адамға берген дуз-дәмеги, аўқаты.
Дузын ишиў.
Ата-ананың берғен оған ҳақ дузы, Өзине саўап бон қайтады екен (Г.Қурбанбаева).
0 Дуз ишиў — биреўдиң үйинен тамақ жеў.
Бир күн дузын ишкенге, қырқ күн сәлем бер (ққ.х.н.м.).
Дуз ишкен жериңе жамандық етпе (ққ.х.н.м.).
Дузы урыў — 1. ғарғыс мәнисинде, қәдирин билмеў, оңбаған ҳәрекет ислеғенде қолланылады.
2. Ант ишиў мәнисинде.
Дузын ишип, дузлығына түпириў — жақсылыққа жаманлық ислеў, пәс қылық ислеў.
Әўмет, бахыт қусы басына қонар, Дузын ишип түпиргенлер хор болар (А.Қаражанов).
Дузын ақлаў — баққан, жәрдем еткен мийнетин баҳалаў, қәдирин билиў, жақсылығын қайтарыў.
Мәрт болсаң, елдиң дузын ақла (ққ.х.н.м.).
Дуз айдаў.
Несип етиў.
Адам айдаса бармассаң, дуз айдаса қалмассаң (ққ.х.н.м.).
5. аўыс. Бир нәрсениң мәниси, маңызы, мазмуны.
Оның ғәпиниң дузы жоқ.
Уяты жок жигит — жүўенсиз аттай, Уяты жоқ қыз — дузсыз астай (ққ.х.н.м.).
Сөзиң қурысын дуз салғандай, Ыссы суўға муз салғандай (ққ.х.н.м.).
Дузы жоқ — мәниси жоқ, әйтеўир айтылған өсек, ойланбай сөйлэў мәнилерин аңлатады.
Гей өтирикши өсекшини ойладым, Сөзлериниң дузы барлы-жоқлы деп («Әмиўдәрья» ж.).