ДУБЛЕТ
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсениң екинши нусқасы; еки бирдей, тең қымбатлы нәрсениң бири.
2. Қымбат бақалы, таптырмайтуғын таслар (буйымлар)дың жасалма нусқасы.
3. лингв.
1. Тилде мәнисине қарай тең келиўши ҳәм бири екиншисиниң орнына алмасып қолланыўы мүмкин болған сөз ямаса тил бирликлери.
Берилген тил бирлигиниң екинши бир фонетикалық, морфологиялық, синтаксислик, стилистикалық жубайы.
0 Морфологиялық дублетлер — Түбири бир, бирақ ҳәр түрли аффикслердиң жәрдеми менен жасалған бир сөздиң морфологиялық вариантлары: дилетантизм-дилетанство.
Синтаксислик дублетлер — Гәптеги орнының ҳәм атқарған хызметиниң айырмашылығы нәтийжесинде пайда болған сөздиң вариантлары.
Этимологиялық дублетлер — Келип шығыў негизи бир, мәниси ҳәм айтылыўы бир-бирине жақын сөзлер.
2. Қандай да бир илимий объектти атап көрсететуғын ямаса бир илимий уғымды андататуғын еки терминниң бири.
Мыс: лингвистика-глоттология.