ДОРБА
Қарақалпақша
ат. 1. Аттың, ешектиң әм ғашырдың тумсығын тығып, басына илдиретуғын, жем салыўға арналған, көбинесе жүннен тоқылып, баў тағылған кишкене қалташа.
Мақпалдан сайлап дорба илдим, Жемиңди кишкен кем бердим, Ҳайўан да болсаң енеғар, Өз басыма теңгердим («Алпамыс»).
2. Қурғақ тамақ ямаса әр түрли майда-шүйде затлар салыўға арналған қапшық, қалташа.
Қап та тең, дорба да тең (ққ.х.н.м.).
Дорбаңда ер басына қыстырылған, Жем емес, китап жүрди бар ўағыңда (И.Юсупов).