ДОМИНО
Қарақалпақша
ат. Әр бир еки үсти (бети)не ажыратылған әм әр бир бетинде 0 ден 6 ға дейин точкасы (очко) болған жигирма сегиз тегис төртмүйешли пластинкалар менен ойналатуғын ойын әм сондай пластинкалардың өзи.
Домино ойнаў.
Иши писсе карта ойын ямаса домино, Себеп таўып ишеди пиво, арақ я вино (С.Курбанов).