ДОЛАНЫҚ
Қарақалпақша
ф. 1. Ҳәр түрли реңге дөниў, қубылыў.
Күн уясына сыймай доланып, қып-қызыл шоқтай жанып, батыўдың аз-ақ алдында тур (Н.Дәуқараев).
Отырар ол бағ ишинде толғанып, Хаўыз бетте таўыслар жүр доланып (И.Юсупов).
2. Келиў, қайтыў, айланыў.
Алма аттым хаўаланды, Қайтып өзиме доланды (ққ.х.қ.).
3. Сайлап кийиниў, салланыў.
Қаршығадай қыялланып, Доланған кимниң ярысаң? (ққ.х.қ.).