ДИҢГЕК
Қарақалпақша
ат. 1. Жүўерини шымшықтан, ғарғадан қорыў мақсатында үстинде сақпан атыўға, палақпан урыўға бейимлесетуғын, ылайдан салынған дүмпешик.
Атызлап жүўери еккен дийқанлар атыздың бир шетине бийиклиги бир метр әтирапында ылай диңгек соғады, сол диңгекке минип гә палақпан, гә сақпан атып егинди қуслардан қорғайды (М.Нызанов).
2. Бийик, төбе.
Гүздиң ақырына келип, көсемниң тулғасы турған диңгек қолға алынды (М.Нызанов).