ДИЯНАТ
Қарақалпақша
ат. (араб тилинен — дин, диний тәлиймат, исеним).
1. Ҳүждан, ҳүжданлылық, инсап.
Душпанға инсап бер, досқа диянат, кеўилге жақсылық қусын уялат (Х.Дәулетназаров).
2. Диний нызам-қағыйдаларға қатты әмел қылыў; динлар, тақыўадар.
Инсанларда диянат қалмады.
Мәрипат теңизи, тақыўа липасы, Диянат жолында мисли бир арыслан (А.Мансур).