ДИССИМИЛЯЦИЯ
Қарақалпақша
ат. 1. биол.
Организм хызмети процессинде қабыл етилген қурамалы органикалық затлардың бөлинип, әпиўайы затларға айланыў процесси.
2. лингв.
артикуляциялық жақтан бирдей яки уқсас болған еки сестиң хәр қыйлы сеслерге яки аз дәрежеде уқсас болған еки үнлеў сеске айланыўы: таңлай - таңнай, гүмбез - гүнбез, трамвай - транвай т.б.
Диссимиляцияның дисстактлық түри — араларында басқа сеслер жумсалған қоңсылас буўынлардағы сеслердиң өз ара уқсаслығының жойтылыўы: мениңше - менимше.