ДИСЛОКАЦИЯ
Қарақалпақша
ат. 1. әск.
Әскерий бөлимлердиң мәмлекет бойлап белгиленген жерлерге орналастырылыўы; әскерий-ҳаўа күшлериниң тийисли аэродромдарға, әскерий-теңиз флоты кемелериниң портларға бөлип жайластырылыўы.
2. геол.
Жер қабатындағы түрли өзгериў процесcлери нәтийжесинде таў жынысларының дәслепки жайласыўының бузылыўы, өзгериўи.
3. мед.
Сыныў яки шығып кетиў пайытында сүйеклердиң орнынан жылжыўы.