⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДИПЛОМ

Қарақалпақша

ат. 1. Қандай да бир оқыў орнын питкергенлиги ямаса илимий атақ, илимий дәреже берилгенлигине тастыйықлаўшы рәсмий хүжжет. Диплом алыў. Диплом алған жас азамат: «Болсадағы қандай талап. Қайылман» деп жазады (И.Юсупов). 2. Орта арнаўлы ямаса жоқары оқыў орынларын питкериў алдынан, усы хүжжетти алыў мақсатында жазылатуғын изертлеў ямаса жойбар иси. Диплом иси. Диплом жазыў. «Алтын медаль», «Диплом» деген жыр емес, Тур алдында, Пулың жетсе сатып ал (Г.Айтмуратова). 3. Қандай да бир хуқық ямаса сыйлық берилгенлигин тастыйықлаўшы хүжжет. Биринши дәрежели диплом. Бердақ сыйлығының лаўреаты дипломы менен сыйлықланды.