ДИЛБАР
Қарақалпақша
ат. кит.
(парсы.
— жағымлы, кеўилге жақын) 1. Өзине тартатуғын, әжайып, таң калдырарлық, жағымлы, гөззал яр.
Ўәде қайда, лебиз қайда Қаншайым, Истиң басы қалай болды дилбарым? («Муңлық-Зарлық»).
2. Гөззаллығы, көркемлиги, әдепи, хош минезлилиги менен ес-хуўыштан айыратуғын, шырайлы.
Дилбар қыз.
Бир қара көз дилбар саллана келди, Көзди камастырар қалы Гүржиниң («Саятхан-Ҳәмре»).
3. Ҳаял-қызлар исми.